БАРЫСЫЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Еки адамның өз ара келиспеўшилиги, айтысыўы, тартысыўы, сөгисиўи, сөз алысыўы.
Егер де келисим бермейтуғын болсаңлар я сизлер шығың ямаса мен шығаман дегенге шекем барысқан (Ж.Аймурзаев).
2. Қатнасыў, байланыс жасаў.
3. Бирге барыў, бирге жүриў, жолдас болыў.
Қалаға шекем бирге барысты (Қ.Айымбетов).
0 Барысып-келисиў — қатнасық жасаў, байланыс жасап отырыў.
... мына мәрдикарға алыў сапласқаннан соң өзлериниң барысып-келисип, биреў-биреўинде болса алыса берерсиз,... (М.Дәрибаев).