⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАРМАЎ

Қарақалпақша

ф. Нийетлеген, дийдилеген, бағдарлаған, барыўға тийисли жерге бара алмаў. Әмет оқыўға бармай қалған еди (Т.Қайыпбергенов). Бул турысым менен аўылға бармайман, — деп Лиза Арзыўды қушақлай түсти (Ж.Аймурзаев). Барса-келмеў — барған жеринен қайтып келмеў, изине айланбаў, айланып келмеў. Сениң ушын басты тартпай кетейин, Жаман жаза барса-келмес сүргинге («Қырқ қыз»). Буның үстине туўған анамның өзим жоқта барса-келмес жолға кеткени есиме түсип, тула бойым лаплап, сай-сүйегимди сойды-аў! (Ө.Хожаниязов).