⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАРЛЫҚ I

Қарақалпақша

ал. Пүткил, түўел, ҳәмме, бәрше, жәми, гүлли. Ақыры, барлық бәламаттың алды алыныўы зәрүр (Т.Қайыпбергенов). Барлық нәрселер туўралы пикирлесип алдық, деп ойлағанымда курдасым Мийрибан күтилмегенде сораў берип, мени ойландырып таслады (О.Нурымбетова). Барлық адам жертөлеге орналасып болды (Ж.Аймурзаев). Барлық өмири көз алдына елеследи (А.Әлиев).