БАРЛАЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Бир ис-ҳәрекетти, ҳал жағдайды, аўхалды, ҳәдийсени билиў, абайлаў, сезиў, сынаў.
Тилеп бир топ атлының жүрисинен гүманланып, барлаў жүргизеди (Т.Есемуратов).
Сөзди айтқанда барлап айтыў керек (Қ.Ирманов).
Жолбарыстың қасына келди, барлап көрди («Мәспатша»).
2. Айлананы, дөгеректи байқап билиў, шолыў.
Қәне барлап көрейин шырпың таўсылған жоқ па, көбирек жақ деп, ... (А.Бекимбетов).
Абыл өликти қанарға тығып, аўызын буўып болып даланы барлап келиўге абайлап есиктен шықты (А.Бекимбетов).
Күлкини еситкен соқыр еплеп барлап муның қасына келди, ҳал сорады (С.Мәжитов).
3. Оқыў орынларында оқыўшы яки студентлердиң сабаққа қатнасын барлаў.