БАРАБАР
Қарақалпақша
кел. 1. Бир нәрсениң екинши бир нәрсе менен бирдей, тең, қатар, теңдес, қатарлас, жубайлас, дәлме-дәл екенлиги.
Жүрген жериң таўлар менен барабар, Жалғызларға шад ел болар енди шад («Қырқ қыз»).
Бәрин туттық, төрт баспашы жарадар, Бизиң менен келе алмады барабар (И.Юсупов).
Ал, мынаны душпан билее, бул қупыя сырды ашыў, өлим менен барабар (Ө.Айжанов).
2. аўыс. Әсте-ақырын, жай.
Тәғдирге сирә шара жоқ, Жүк көтерер қара нар, Ҳаўлықпа достым барабар (Бердақ).