БАР II
Қарақалпақша
м.с. Дүньядағы қәмме нәрселердиң бәрин өз ишине алатуғын, қамтыйтуғын, барлық, гүлли, жәми.
Ҳақ нийетли ерлериң бар, Табысларға қолы жеткен, Ғарры да болсақ шырағым, Бар күшти салдық тырбандық («Қырқ қыз»).
Турмыстағы бар тилегим, қыялым, Өзиң менен иске асып келеди (Ш.Мәмбетмуратов).
0 Бардай сезилиў — сондай, усаған, қусаған, бар сыякды.
Бара-бара усы сыпсыңның жаны бардай сезилди оған (Х.Сейтов).
Бирақ, үндемеди, өкпеси бардай сезилди (Х.Сейтов).
Бар-жоқлы — шамалы, ебиндей, азғана, ебин жорық, қурттай.
Бар-жоқлы иним абырайың аштың айың бәрекелла, жийениң қылдың (Әтеш).
Аўылда-ақ бар жоқлы жумыс етпесем, Әрман менен дүньядан кеттим нәйлейин (Омар).