БАР I
Қарақалпақша
м.с. 1. Бир нәрсениң бар болыўы, барлығы, жоқ емеслиги.
Қызы бардың назы бар (ққ.х.н.).
Өзи менен фермада карыўлы бес ғана хаял бар (К.Султанов).
Кдйырылып кет ескен самал, Сениң маған керегиң бар (И.Юсупов).
Бар тилек майданға шығар, Азғанасын усладым (Әжинияз).
2. аўыс. Бай, жетискен.
Өмирден мол тәжирийбеси бар адам (Ө.Хожаниязов).
Бардың иси пәрман менен, жоқтың иси әрман менен (ққ.х.н.).
Онда бай көркем сөз, шебер иеленген образлар, сюжетлер бар (Қ.Айымбетов).
0 Бар ғой — а) бир нәрсениң ҳақыйқат бар екенлиги, дурыслығы, ыраслығы.
Аўылда хаял алмаған да, хаялы өлғен де адамлар бар ғой (Ж.Аймурзаев).
Ырас бар ғой жубайым, Жүр ашылмай талайым (А.Бегимов).
б) өкиниў, күйиниў, мақсет етиў, шәрт етиў, ўәде етиў, дәпиниў, умтылыў, гижиниў.
— Қойшы, ондай сөзди айтсаң бар ғой, уят болады (Ө.Айжанов).
— Нурзада енди бар ғой, сен оқы, оқыў пайдалы, енди бар ғой, дигирманнан қутыласаң (Т.Қайыпбергенов).
Бары-жоғы — адамның ямаса бир нәрсениң бар я жоқ екени.
Ҳәзир оның үйине домкомды жиберип, бары-жоғын билип изинен өзимиз барамыз (А.Бекимбетов).
Әй балам, бул әдалатсыз заман, көзиңниң бары-жоғыңа қарамайды (Қ.Айымбетов).
Өз-өзинен мақтанып, Бары-жоғын андатты («Қырқ қыз»).
Бар бол — жумыс ислеп атырған адамға ҳармасын айтқанда оған қайтаратуғын жуўап.
Харма деген қалға қуўат, Бар бол, деген белге мәдет (газетадан).
— Азаматлар қармаңлар! Бар болың! (К.Султанов).
Бар болы — дүньяға келиў, дүньяға шығыў, пайда болыў, көзге көриниў.
Жоқ едим бар болдым камалға келдим, Әреби атлар минип дәўранлар сүрдим, Душпанлар жәбиринен кетермен болдым, Хош аман бол, бизден қалдың, Бозатаў! (Әжинияз).