БАПЛАЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Бағыў, күтиў, жағдайына келтириў.
Арықларды бағыўға, Семизлерди баплаўға, Ҳалқына беккем тапсырды («Қырқ қыз»).
Жүйрик атын бапласын, Халқына уран тасласын («Алпамыс»).
2. Биреў алдында айыплы етиў, гүнакар етиў, дәкки бериў, кейиснама бергизиў, урысып кейиттириў.
— Мине, енди өлдик! — депти, Ханға айтып баллар ушын, Буны бирге алып кетти (Д.Қасымов).
3. Бирэўге пәнт бериў, ҳәр түрли жол менен биреўди утыў, алдаў.
Атпады да шаппады, Ҳийле менен баплады («Мәспатша»).
Сөйтип, немеңлердиң бағдарлап киятырған жерине бизлер бурын ҳийле жасап өзлерин байладық (Ө.Хожаниязов).
— Мен Атамуратты, Сержанды бапладым! (Т.Қайыпбергенов).
0 Бабын табыў — күтимин билиў, ҳал-жағдайын билиў, аўхалын билиў, ҳәр тәреплеме күтиў.
Бабын таўып ҳәр гөректин (И.Юсупов).