БАННЕР
Қарақалпақша
ат. Халық көп жыйналатуғын жәмийетлик орынларда орнатылатуғын сиясий, мәдений, руўхый-агартыўшылық ҳәм үгит-нәсият, сондай-ақ, басқа да рекламалық характердеги үлкен размердеги көргизбе, стенд.
... өрт қәўпинин алдын алыўға қаратылған плакат ҳәм баннерлер ислеп шығылып, көшелерге ҳәм адамлар көп жыйналатуғын орынларға қыстырылды (газетадан).
... бундай иллетке қарсы гүреске шақырыўшы плакатлар, баннерлер таярланып, халық көп жыйналатуғын орынларда, автомобиль, темир жол, ҳаўа транспорты бәндиргилеринде, шегара өтиў постларында орнатылмакта (газетадан).