БАНКА
Қарақалпақша
ат. (рус.
Баня, банька — кишкене ыдыс).
1. Шийше, темир ямаса пластмассадан иеленген цилиндр формасындағы ыдыс.
Еки қолын артына қайырып, кишкене бир банканы ўелап тур (Ө.Айжанов).
Сөйтип, бир консерва банканың түбин шурқ тесик елек көз қылып, мыс сым менен крайникке қатырып байлап еди... (Ш.Сейтов).
2. мед.
Наўқастың кесел жерине, көбинесе арқасына қойылатуғын домалақ шийше.
Бийтаптың жаўырына банка қойып, үстин жаўып болып, медсестра сыртқа шығып кетти (газетадан).