БАНДЕРОЛЬ
Қарақалпақша
ат. 1. Қағазға орап, почта арқалы жөнетилетуғын корреспонденция түри (баспа басылымлары: китап, журнал, газета, қолжазба, киширек буйым ҳәм т.
б.).
Бандероль жөнелтиў.
Бандерольды ашыў.
Мениң менен бирге болып атырған жигитке бандероль келди (Ж.Тәшенов).
Есберген заказной бандероль етип, тап Сибирьден жиберипти-ә! (Ш.Сейтов).
2. Товар ушын акңиз ҳәм бажы төленгенлигин дәлиллеўши, товардың үстине жабыстырып қойылатуғын қағаз.