⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАНАН

Қарақалпақша

ат. (исп. banana, banano — бармаң). бот. Мийўеси узын, ири, жэўге болатуғын, бийик болып өсетуғын, көп жыллық тропикалық ҳәм субтропикалық өсимлик ҳәм де усы өсимликтиң мийўеси. Ҳәзирги ўақытта бул өсимлик Өзбекстанда да өстириледи. Тындап отырсаң бул жерде не жоқдейсиз: маймыл, пил, банан, чайдың дүньядағы ең жақсы түри, ҳәр қыйлы жабайы мийўелер ҳәм бурын көрмеген өсимликлер — кулласы, бәри де бар бунда (Ш.Айтматов). Абылайсаң селлер жаўып таўларга, Хурма гүллеп атса, бананлар писер (И.Юсупов). Чай менен бирге банан да әкелинди,... (газетадан).... 2 гектар шөлкемлестирилген ыссыханада тәжирийбе түринде 5 мың түп банан нәли тәрбияланбақта (газетадан).