БАЛЬЗАМ
Қарақалпақша
ат. (ғрек.
balsamon — хош ийисли смола).
1. Айырым өсимликлерден алынатуғын ямаса жасалма жол арқалы таярланатуғын, қурамында смола, эфир майлары бар қойыў, хош ийисли зат.
Медицинада ириңли асқыныўдың алдын алыўда, сондай-ақ, оптика санаатында да қолланылады.
2. Шыпалы шөплер ширеси.
Ақмақлардың берген бальзам суўынан, Ақылдының берген зәҳәри зыят (И.Юсупов).