⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАЛТАЛАЎ

Қарақалпақша

ф. Балта менен бир нәрсени шаўып майдалаў, шабыў, жарыў, шапқылаў. Дәрўазаны балталап бузып далаға шығып, қыздың жайына келсе, қыздың кетип қалғанын көреди (ққ.х.е.). ... таң алдында, Жийемуратты балталап, ашық жерин қоймады, биреў урып өлтирип, гөне жапқа таслап кетипти деп еситтик (Қ.Ирманов). Аўыл иши, ҳәр кимде бир талап, Биреўлер жүр отын шаўып балталап (Ж.Аймурзаев).