⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАЛТА

Қарақалпақша

ат. 1. Жүзи жалпақ, уңғысына сап өткизип ағашты кесиў, жарыў және де сондай затларға қолланыўшы темир қурал, әсбап. Бул көринғен қойдың жилик сүйегиниң балта менен сынған қыяғы еди (Қ.Айымбетов). Өзиниң айтыўынша, ол темир ғеўлеп атырғанда абайсызда аякдарын балта менен шаўып алыпты (Ә.Шамуратов). Балта тийгенде басына, Қарамай ол жолдасына (Бердақ). 2. Карта (соқта) ойынындағы киши (ғенже) фигура, түйениң, ғарғаның, атанақтың хәм қыйықтың балтасы. Жердеги картаны қыйықтың балтасы менен кести, ... (газетадан). 3. аўыс. Батыр, өткир, ғайратлы, кайтпас қара, қайсар. Оларды таўып, тамырына балта шабамыз, олар душпан, олар мудамы халыққа қастыянлық етеди (газетадан). Балта менен қағарман, Еки азыў тисинди (ққ.х.қ.). 0 Балта кеспэў — албырамаў, қысынбаў, тарықпаў, мыкды болыў. — Быйыл муртымызды балта кеспейди, хүкиметтиң сиясатына мың-мың алғыс деп жүрипти (Т.Қайыпберғенов). Ай балта — бурынғы жаўгершилик жылларда урыста қолланылған ярым ай формасындағы темир курал. Таў қыснағындағы ай балталы қос қараўыл турған тас қапыға барып жоғалады (Т.Қайыпберғенов). Минди бала алтын тахтқа, Көп қуўанды келген баққа, Ай балтаны услап қолға, Ата жолын қуўған екен (Бердақ). Барып едим ханыңызға, Ай балталы шахыңызға, Жәллад қойды қасымызға, Шыдап сонда туралмадым (ққ.х.қ.).