БАЛКОН
Қарақалпақша
ат. 1. Көп қабатлы жайлардың көбинесе екинши ҳәм оннан да жоқарғы қабатларындагы ишки ханаларға бириктирилип, оның алды, арқасы ямаса қаптал тәреплери сыртқа, көшеге қаратып курылған әйўан, майданша.
Айлы түнди жамылып әсте, Сен шығасаң бийик балконға (Т.Сейтжанов).
Бизлер тәрбияшыларымызды көзин алып, тез-тез балконға шығамыз (М.Нызанов).
2. Театрдың тамашалаў залындағы жоқарғы ямаса ортаңғы ярусы.