⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАЛДАҚ

Қарақалпақша

ат. 1. Аўырыў ямаса аяғы ақсақ адамлардың қолтығына тиреп жүретуғын арнаўлы таяғы. Қолтығына балдақ алып, бир-еки адым атлайтуғын болды (А.Бекимбетов). Мен балдағымды есик беттеги керегеге сүйедим де, төсектиң үстине шықтым (Ө.Хожаниязов). Жартас қалқан болды, ағашлар балдақ, Алға жылжый берди жаралы шайыр (И.Юсупов). 2. Қылыштың, мылтықтың ямаса қанжардың сабының услайтуғын жери. Ақ суңқарды қанатынан қайырдың, Кескир қылышты балдағынан майырдың («Алпамыс»). 3. Өсимликлердиң түп бети, түбинен жапыраққа шекемги аралығы. Үлкен жапырақлардың балдақларына ҳәм жас шақаларға да зыян келтиреди (А.Джальменов, П.Т.Карпов). 4. Қусшылар бүркитти қолына қондырғанда қолының астынан тирейтуғын тирэўиш ағаш. Қусшы да балдағын қолтығына тиреп, тоғай арасына кирип кетти, ... (газетадан).