БАЛАСЫНЫЎ
Қарақалпақша
ф. Жассыныў, кишисиниў, бала қатарында көриў, бала деп қараў, биреўди жассыныў, менсинбеў.
Қәлмен Әжиниязды баласынып, еле де кеўили ярый бермей, жалт-жалт қарады (К.Султанов).
Ол сиз кеткен соң мени баласынып, ҳәр түрли нәрселер айтып, мени жулмақшы болды (ққ.х.е.).