БАЙЫР
Қарақалпақша
ат. Орын, мәкан, жай, қоныс.
Көл бойына байыр етип түрақлы, Мен кетермен әрман менен жырақлы, Қамыс орып, алтаў-жетеў орақлы, Терис төбе, Узьшқайыр жайлаўым (Күнхожа).
Өзиниң байыр малындай, Қолда доғмыт қулындай қылып жүз миллионнан көп жарлыны бир неше ғөне мыңнан куралған байлар бөлисип алыпты, ... (С.Мәжитов).