БАЙРАҚ I
Қарақалпақша
ат. Ағаш ямаса металлға орнатылған, бир ямаса бир неше реңли, безетилген ямаса безетилмеген болып, мәмлекет, кәрхана, шәлкем, әскерий бөлим ҳәм т.
б.
қараслы белгини билдириўши, таўардан жасалған төрт мүйешли белги, туў, жалаў: Мәмлекет байрағы.
Дивизия байрағы.
Көшпели байрақ.
Байрақ орнатыў.
Республикамыз өзиниң мәмлекетлик нышанлары — байрақ, герб ҳәм гимнлерине ийе (газетадан).
Көшпели байрақ көз житирим жерден жалындай лаўлап көзге түседи (И.Юсупов).
2. аўыс. Мақсет, жол.
Тыныштық байрағы.
Азатлық байрағы.
Ғәрезсизлик байрағы.
Желбиреген ғәрезсизлик байрағың (Г.Нурлепесова).