БАЙЛАТПАЎ
Қарақалпақша
ф. Услатпаў, ерк бермеў, байлаўға мүмкиншилик бермеў, бир нәрсени бир-бирине жалғастырмаў, түйистирмеў.
Келген жаўды шыдатпай, Аяқ-қолын байлатпады, Душпаны ҳеш бир батпады, Алақласып барған екен (Бердақ).
Жаман атқа жал питсе, Жанына торсық байлатпас, Жаман ерге мал питсе, Жанына қоңсы қондырмас, Қондырса да тындырмас (ққ.х.н.).