⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАЗАР

Қарақалпақша

ат. 1. Кеңислик үлкен майданға орналасқан саўда-сатық исленетуғын орын, жай. Азық-аўқат базары. Кийим-кеншек базары. Мектеп базары. Қарақалпақ базарға барар, бир шайыға шабақ алар (ққ.х.н.). Ақмақ саўда етер, базар өткен соң, бийдәўлет нан жейди ҳалдан кеткен соң (ққ.х.н.). Егер ертең базарға мына қозақтағы бөзди тоқып болсам, сатып нобайырақ етип берермиз (Ә.Шамуратов). 2. Экономикалық термин. Базар. Өзбекстан жеринде жетистирилген мийўе-овощ өнимлерине дүнья базарында талап жоқары (газетадан). Дәслепки рети жети жыл алдын Ҳиндстанда таныстырылды ҳәм сол базарға мөлшерленди (газетадан). Базар қатнасықлары: Базар қатнасықлары базар инфраструктурасыз жасай алмайды («Өзбекстан тарийхы»). Базар экономикасы: Базар экономикасы товар-пул қатнасықларына тийкарланған ҳәм оларға тән экономикалық нызамлар тийкарында ҳәрекетке келетуғын экономика («Өзбекстан тарийхы»). 3. аўыс. Басын даўға, жәнжелге, қыйыншылыққа, аўырманшылыққа араластырыў. Ол ўақытта күнликши, дийқанлар өзин базарға салады екен (Қ.Айымбетов). Басымды базарға салсам, Жалғыз баспақ болар ма екен? (А.Дабылов). 4. аўыс. Шаўқымласыў, дуў-дуўласыў, өз ара қызғын сөйлесиў. Төрге төсек салып, әңгимениң базарын қыздырды (К.Султанов). Аннан-мыннан толып қалды, Балық базар болып қалды (Қ.Айымбетов). 5. аўыс. а) Қуўаныш, бахыт, қызық, ўақыт хошлық, өмирдиң жақсы ўағы. Қыз-келиншек келсе бир өзиң базар, Қатар жигитлерге салмадың нәзер (Омар). Қайтармағыл достың көрсең нәзерин, Қолдан келсе қургыл шадлық базарын (Бердақ). б) Өмирдиң қуўанышы. Балалы үй базар, баласыз үй мазар (ққ.х.н.). в) аўыс. Унамсыз, келиспеў, үйлеспеў, жөнлеспеў. Үйдеги есапты базардағы нырқ бузады (Қ.Айымбетов). ...жалғыз тикенектен байлық қуралмайды, Қымбат базары бир манаттың заты (М.Шымбергенов). 0 Шар базар — Үлкен базар. Услап алып шар базарға сатарман. Иншалла байларман сени,... (Қ.Айымбетов). Қайтыў базар — саўдагерлердиң саўда-сатық ислеп болып базардың тарқап атырған ўақыт, соңы, ақыры. Қайтыў базардан алып қалың, дегендей ортаға жеңге салып, Зийнепке қыйсаңлайды (газетадан). Қус базары — а) қусларды сатып саўда ислейтуғын орын, б) қуслардың жыйылысып туратуғын орны, жайы. Отлы өрис, жасыл қыры малға жай, Мақпал көли қус базары жырға бай (К.Султанов). Ышқы базары — муқаббаттың, сүйиўшиликтиң, ашықлықтың жолы. Арқадан самал турған, Ышқы базарын қурған («Алпамыс»). Уйқы базары — қатты уйқыға кетиў, ҳәз етип уйқылаў. Көкнар менен көк чайға өзи қаттыға қанып алғаннан кейин ол уйқы базарына аўып кеткен еди (Қ.Досанов). Базарға сатыў — малды ҳәм басқа да затларды түсириў, шығарыў. Базарға сатсам апарып, Жалғыз қара болмайды Барлық көрпе-төсегим (А.Дабылов). Базарға шығарыў — Базарға шығарып сатыў. Мол затларын базарларға шығарып, Алғанына қалдырмастан сатыңлар (Ж.Аймурзаев). Қант көпир базары — қыз-жигитлердиң отырыспасындағы бир-биреўине жиберетуғын түйиншиги, шаршысы, қанттың көп болып үйилиўи, нобай болыўы, молшылық. Қызып өтти қант көпирден базарың. Қыз болып жетилген ўақтың Тиллахан (С.Нурымбетов).