БАЗА
Қарақалпақша
ат. 1. Бир заттың тийкары, негизи.
2. архит.
Үстинниң, колоннаның тийкарғы, төменги жуўан таяныш бөлеги.
3. Халық хожалығы, ислеп шығарыў ҳәм мәдений-мәнаўий тараўлардың тийкары, негизи: Материаллық-техникалық база.
Эксперименталлық база.
Экономика базасы.
Өйткени, жаңа экономика базасы да жаңа мораль, жаңа формалар, жаңа жәмийетлик байланыслар жүзеге аса баслады,... (Г.Есемуратов).
... мәденият ҳәм спорт мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ушын зәрүр шараятлар жаратты (газетадан).
Мектеплер хәм оқыў орынларының материаллық базасы бир қанша беккемленди (газетадан).
4. Белгили бир материаллар, затлар топламы, жыйнағы: Азық-аўқат базасы.
От-шөп базасы.
Шийки затлар базасы.
Шарўалар Қызылқумның өзинде от-шөп базасын шөлкемлестириўди ойлайды (Т.Нажимов).
Елимиздиң келешектеги салыгершилик базасы мине усы жерлерде дүзилди (газетадан).
5. Белгили бир хызмет көрсетиў ҳәм керекли үскенелер менен тәмийинлеў мақсетинде қурылған арнаўлы орын, жай.
Туристлер базасы.
Авиация базасы.
Әскерий база.
Спорт базасы.
Айырым ислери бойынша керекли материаллары бар орын, пункт, жай.
... Базамызды душпанның авиациясы билип қоймасын деп, бизлер аэродромнан жарықсыз қараңғы түнде ушып кеттик (Н.Дәўқараев).
Бизин оқыўшыларымызға керекли затлар туристлик базамыздан көплеп табылады (газетадан).
Бул жер мектеп оқыўшылары ушын экскурсиялық база болып есаплан ады (газетадан).
Пайтахтымыз ҳәм республикамыздың бир қатар қалаларында спорт базалары болады (газетадан).
Балалар майданшалары, спорт комплекс базалары қурылды (газетадан).
6. Түрли товарларды, керекли нәрселерди сақдайтуғын, қоятуғын орын, жай, склад.
Сениң ушын үлкен база қурайық (Ж.Аймурзаев).
Әмиўдәрьяның төменги жағында салы тапсырыў бойынша база дүзиў ҳаққындағы қарарларды оқығанда шексиз қуўанышқа бөленемиз (газетадан).
7. Мағлыўматлар базасы.
Мәлимлеме системаларын, ресурсларын, мағлыўматлар базаларын, бағдарламалық өнимлерди ислеп шығыў... (газетадан).
8. Тех.
Темир жол, автомобиль ҳәм т.б.
дөңгелек көшерлери арасындағы аралық.