⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАЖА

Қарақалпақша

ат. Апалы-сиңлили туўысқан қызлардың күйеўлери, сондай-ақ, бир урыўдың қызларына үйленген жигитлер бир-бирине бажа болады. Алламурат деген бажасының үйине қыдырып кетти (Ж.Аймурзаев). Убайдулла менен Дәўлетбай бий екеўинин бажалығы бар еди (Т.Қайыпбергенов). Бай қызы қазақтың көн жеген ҳақын, Бажасы Жумабай болысқа жақын (Бердақ). Ышқыр бажа — еки жигиттиң бир қыз я келиншек пенен жақындық етип жүриўи. Маманның ышқыр бажасы еди ол (Т.Қайыпбергенов).