⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАДЫРАЙЫЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Көзди үлкейтип, ағын алартып қараў, тиклеп қараў, бажырайыў, бақырайыў. Әметке көзәйнек астындағы көзин бадырайта отырды (Т.Қайыпбергенов). Ағасынан бет аўдарып айыбымызды неге айтасаң дегендей Айшагүл Орынбекке бадырайды (Т.Қайыпбергенов). Қәлменниң түси өңип көзи бадырайып қалды (К.Султанов). 2. Анық, айқын, көрнекли, белгили болып көриниў. Қаслары шегирткениң сыйрағындай бадырайып тур (Қ.Айымбетов).