БАДИЯ
Қарақалпақша
ат. Ылайдан исленип, қумбызда писирилген, тамақ қуйып ишетуғын ыдыс, тастабақ.
Қолға суў куйылды, екеў ара, үшеў ара бадиялар менен палаўлар келди, оған қосыла мойны қылтыйған шийшелер де аз болған жоқ (Қ.Айымбетов).
Қара қас, қызыл зербарақ табақ-қасықлар, жез периўза сырша менен сырланған гүзелер, бадиялар (Қ.Аралбаев).
Капитан издиң үстине төнкерилген бадияны көтерип шетке қойды да, — Мине усы изге жибер ийтиңди? — деп сержантқа буйырды (А.Бекимбетов).