БАДАМ
Қарақалпақша
ат. Формасы сүйир, қызғылт гүлли, түсликте өсиўши мийўе ағашы.
Арттырғаны бадам ағаш ортасы, Бал излеген Байбөриниң баласы («Алпамыс»).
Әнжир, алма, әнар, бадам.
Бағда сайратып дембе-дем (ққ.поэз.ант).
Бағда питкен бадам бар, Керилип атқан адам бар (Қ.Ирманов).
0 Бадам қабақ — бадам ағашының мийўесине теңеп, сулыўлықты көрсетеди, бул әсиресе ҳаял-қызларға көп қолланылады.
Бадам қабақ жүзинде қал, Жолыңа бағыш дүнья-мал (Әжинияз).
Аралда қызлар бар бадам қабақлы, Еллерине қымбат мақсет-мурады (Ш.Мәмбетмуратов).
Көзиң түссе кеўлин урады ҳаллас, Бадам қабақ, оймақ аўыз қыя қас («Алпамыс»).
Писте мурын, бадам қабақ кең қушақлы ақ тамақ («Қырқ қыз»).