⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАДАБАТ

Қарақалпақша

ат. Шаўқым, урыс-кейис. Ол бадабаттан қорқпады, лекин қапаланды (Т.Қайыпбергенов). Бул бадабатлардан қорқып, сақланып, Биз ғана ырайдан қайтпадық тек те (И.Юсупов). 0 Бадабат урыў — шаўқым шығарыў. Бадабат урған сеслер басыла баслады (Н.Дөуқараев). Бадабат салыў — шатақ шығарыў. Бирақ, билмеген киси қусап бадабат салып жүреди (Г.Есемуратов). Бадабат қылыў — шатақ ислеў. Өз сөзимди жүйлеп қылдым бадабат, Мен мақтансам ол қолланды меламат (Қ.Ирманов).