БАБА
Қарақалпақша
ат. 1. Ата-баба, әкениң әкеси, түпки, тийкарғы ата.
Егер де сизлер ондай естеликти орнатсаңыз, бабаларымыз сизлерғе ырза болады (А.Бекимбетов).
Ол ўақыттың келинлери атасын баба дер еди, анасын мама дер еди («Қоблан»).
2. Халықтың, миллеттиң шығысы, төркини.
Түрк тиллес халықлар XIV әсирде ҳәзирги қарақалпаклардың бабасы деп аталып жүрген Ноғай әмири тәрепинен Ноғайлы деп аталған бир ордаға бириктирилди (К.Мәмбетов).
3. Көпти көрген, жасы барған, үлкейген, қартайған, ғарры.
Көп жасаған бабамсаң, көпти көрген адамсаң, Алдыңызда жырлайын, Жалғызыңның тилин ал («Алпамыс»).
Сондай сықмар мүжик еди-аў, Бир ғезде мениң байғус бабам (И.Юсупов).
Ҳа, баба, сен бир тырнақтың дағынан халық еткенге көп жылап өттиң («Мәспатша»).
4. Ең қәдирли, жүдә хүрметли.
Бабам сөйтип беккем услап қуралды.
Святославтын алтын сөзин тыңдаған (И.Юсупов).
0 Дийқан баба — егин егиўге шебер, дийқаншылықтың маманы.
Дийқан баба нәпеси бар жеринде (Қарақалпақстан гимнинен).
Зәңги баба — қара малдың пири.
Түп баба — ең тийкарғы шығысы.
Түп бабаңыз Нағадайды, Надан не билсин бундайды (Бердақ).
Кусхананың алды бөлек тасқырман, Мәгер түп бабаңыз салған Есетсең (С.Нурымбетов).