БАЎЫРМАН
Қарақалпақша
кел. 1. Жақсы көриўшилик, сүйиўшилик, татыўлық.
— Ағалар, қурдаслар, баўырманларым, — деп баслады Жумагүл (Т.Қайыпбергенов).
Еки-үш жигиттиң мийнетин етеди, сондай тил алғыш, баўырман адамгершиликли (А.Бекимбетов).
2. Туўысқаншылық, қаналаслық.
Әлле қандай бир баўырман сезим менен өзине тәбия тартып, кеўили мақтаныш бийледи (К.Султанов).