⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАЎШУЎ

Қарақалпақша

ат. қара үйдиң, ақ үйдиң барлық арқанлары, жиплери, баўлары ҳәм тағы басқа керекли затлары. ал, енди буның баў-шуўы сыртқы жанбаў, ишки жанбаў,... — қулласы, үйге керек-жарақты табыў керек болды (қ.айымбетов). муртлаш жасаўыл ақ отаўдың ҳәр баў-шуўына қараған сайын өзин шеберлердиң нағыс базарында жүргендей сезди (к.султанов). үйи сыртынан көриўге қоренишлеў болса да сәнем оны өзиниң тоқыған баў-шуўы менен пардозлаған (қ.аралбаев).