БАЎ II
Қарақалпақша
ат. Бир буўат, бир байлам зат.
Оның түсиниги баяғы бир баў шыбықта екен (Қ.Айымбетов).
Тап ҳәзир бир-еки баў көк шөпти орып, қушағыма қысып зорға киятырман (Ж.Аймурзаев).
Орақ тийген сайын қамыслар жапырылып артымда баў-баў болып қала берди (А.Бегимов).