АҢҚАЙЫЎ
Қарақалпақша
1. Күтпеген жерден болған иске, аң-таң болыў, таңырқаў, аўзы ашылыў, серсиз турыў, абайсыз турыў.
Дәрўазаның алдында турман аңқайып, Мысал топты күткен вратарь.
(И.Юсупов).
2. Есиктиң аўзы ашылыў.
Аңқайып аўзын ашыў — апырайыў, таң қалыў, аң-таң болыў.