⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АҢЫЗ

Қарақалпақша

ат. 1. Өмирде болған адамлардың, тарийхый тулғалардың басынан кеширгенлери туўралы халық аўзындағы әңгиме. Байлық емес, аңыз болып исиң калар, ол ислериң айдын жолды беккем салар, Оны көрип жаңа әулад үлги алар, Мазмунлы ҳәм шарапатлы жасап үйрен (Т.Қарлыбаев). Бердақ шайыр белгили қарақалпақ шайыры, аты аңызға айланып, халық тәрепинен «шайырлардың — шайыры» атағы берилген (газетадан). 2. Әдеб. Ел, тайпа, урыўлардың шыққан теги, кешкен жолы ямаса тарийхта болған белгили шахслар туўралы тарийхый шындыққа тийкарланған, көркем лик сыпатқа ийе фольклорлық, прозалық жанр. Аңызлардағы сөз етилетуғын ўақыялар, ҳәдийселер, образлар дүркини тарийхый турмыс пенен тыгыз байланыста болып, тарийхый фактлерге тийкарланған, атқаратуғын ўазыйпасы бойынша қандай да бир болып өткен тарийхый ўакыяларды, турмыста жүз берип атырған елеўли ҳәдийселерди, белгили адам лар ҳаққындағы, анық географиялық орынлар, урыў, қәўим, халық атамалары туўралы зәрүрли мағлыўматларды әўладтан-әўладқа жеткерип туратуғын өзғешеликлери менен көринеди (Ққ.фольк.). 3. Атыз, қыйтақ, егин жер. Гәй жерлерде бийдай аңыз көринеди («Әмиўдәрья» ж.). Аңыз етиў — белгили бир ўақыяны, жағдайды, ҳәдийсени сөз етиў.