АҢШЫ
Қарақалпақша
ат. 1. Мерген, қусшы, аңшылық пенен шуғылланыўшы, кәсип етиўши инсан.
Аңшы пейлин анда көрдим, Жан себил шикарда көрдим, Пайда қуўған саўдагердиң, Шырўан енер түслерине (И.Юсупов).
2. Бир нәрсениң изине түсиўши, аңлыўшы.
Шешен сөзшил келеди, аңшы изшил келеди (ққ.х.н.).