⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АҢСАР

Қарақалпақша

ат. Қыял, кеўил, зейин, дыққат, аңсаған, кеўли күсеген. Детдомға таслаған жетим баладай, Шалқыған дәўирин, шадлығын аңсар (М.Картбаева). Аңсары аўыў — қуштар болыў, кеўли аўыў, қумартыў, хәўес етиў. Қамсығар биразлар ығбалы жанбай, өзи сүйилмеген, сүйсе де жандай, Көрип аққуўды аўар аңсары, Деп кояды: «Бул куслар бахытлы қандай!» (Бахытлы Сарыбаев).