АҚЫРЗАМАН
Қарақалпақша
ат. 1. дин. Ески диний аңызларда айтылыўынша, дүньяның соңы, изи, аяғы, тамам болыўы, барлық тиришиликтиң таўсылыўы.
Ақыр бир күн болар ақырзаманы, Исрапыл сүргини жығарлар таўды (Әжинияз).
2. Азап-ақырет, аўырманшылық.
Түсти басқа ақырзаман, Инан, дослар, ялған емес (Бердақ).
Ҳәсен хан бес ердиң қанын алмақшы, Басларына ақырзаман салмақшы («Ер Зийўар»).