АҚША II
Қарақалпақша
кел. Тап-таза, аппақ, жап-жас, үрип аўызға салғандай, пәреңи, жуқа, биринши, дәслепки.
Кеткен малдың түрин саған айтайын, Изинен кетипти ақша иңгеним («Алпамыс»).
Бунша неге қапа болдың сорлы атам, Ақша жүзиң кемлик пенен сарғайып («Алпамыс»).
Март айының төбеси көринуден ақша қар жаўды (К.Султанов).