АҚСАҚАЛ
Қарақалпақша
ат. 1. Жасы үлкен, көпти көрген, көп жасаған, кәткуда, төрелик етиўге жетискен киси.
Бақсы шақырыў абырайлы ақсақалларға жүкленеди (Н.Дәўқараев).
2. Ҳәмелдиң түри, белгили бир аймаққа басшылық етиў ушын сайланып қойылған адам.
Шүршит, қалмақ жетти пәрең, Әкең сениң Есет герең, Болыс болсаң адам жер ең, Абырай ақсақал болғаның (Бердақ).