АҚМАҢЛАЙ
Қарақалпақша
кел. Маңлайы жазық, маңлайы аппақ, минсиз, суп-сулыў, ҳеш жериниң мини жоқ.
Торсық шеке ақ маңлай, Күтә қызық сөзлери (Х.Тәжимуратов).
Қызлардың ишинде көп отырып қалғаны да, жап-жас нәўшедейлери де таўыстай суп-сулыў, жүзимниң суўындай қыпша бел, ақ маңлайы да бар (Ө.Хожаниязов).