кел. 1. Аппақ, гүриштей, жақсы, таза.
Йошып кеўлин шадлық артып, Ақ қағазға қәлем тартып (Ә.Шамуратов).
Дурыс айырыў ушын ақты, қараны, Илгир зейин сыншы керек (И.Юсупов).
Шығыр айдап, төгин жайып, Исте ҳәмме ақсақ, майып, Ақ шығып азық молайып, Шарўалар мәс гезер келсе (С.Мәжитов).
2. Ҳақ, ҳадал, жаманлығы жоқ, кеўлинде гирбиңи жоқ, қылмыссыз, айыпсыз.
3. Ағарған, асқатық.
4. Дақ, гирбиң, кир.
Көзге ақ түсиў.
Баҳа бермей ақ-қараға, Түспей ақ қараңғы жыраға (А.Дабылов).
0 Ақ ениў — ақ түсиў, шашы ағарыў, бирең-сараң ақ шашлардың пайда болыўы.
Сақалына ақ ене баслаған адам кәрўан басшыға қарады (Б.Сейтеков).
Ақ енип қалыпты сақал-мурт, шашқа.
Мийнеткеш усы екен яранлар (Бердақ).
Ақ түсиў — дақ түсиў, кир түсиў.
Тек сеннен айра түскенде, Мен боларман ғамға бенде, Шашларыма ақ түскенде, «Умытты деп еллер мени, Қыйнамасын желлер мени (И.Юсупов).
Ақ патша — Қазақстан ҳәм Орта Азияда жасаўшы түрк тиллес халықлардың көпшилиги Россия Императорын Ақ патша деп атаған.
Ақ патшаның ҳәмирине муўапық мәрдикарға алындың, жақында кетесең (әд.
хрес.).
Ақ патшаны кулатты, Тажы- тахтын сулатты (Д.Қасымов).
Ақ түйе — бийкарлаў, мойынламаў, көрген-билғенин айтпаў мәнисинде жумсалады.
Ақ түйени көрдиң бе? - деп сорады жолаўшыдан өликти көмип атырған урылар.
(ққ.х.е.) Ақ түйедей — ақ түйеге усаған, ақ түйеге меңзес.
Қара боран, ашшы аяз, Жерлер мийтин болып қатқан, Тоғайлар да жамылып қар.
Ақ түйедей шөгип жатқан (Ж.Аймурзаев).