АҒАРЫЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Ақ болыў, тазарыў, ақ ениў, ашылыў, дөниў, жақсыланыў, өңип кетиў, таң саз бериў, пидә болыў, тозыў, көп жумсалыў.
Қүйик пенен шаш ағарды.
Өттиң бе бастан өмирим (Бердақ).
Ашылды пахта ағарып.
Мол өним берсе жарқын гүз (Б.Қайыпназаров).
2. Өмири өтиў, тиришилик етиў.
Жасынан көлде көзи ағарған балықшының баласы (А.Султанов).
3. Қәниге болған, маман болған.
Аўқат писириў менен көзи ағарған (Р.Тагор).
4. Тиришилик, өмир сүриў.
Қоса ағарып қарағым, Алғаның менен дүньяда, Бахытлы дәўран сүриңиз («Ер Зийўар»).
5. Саўатланыў, билимлениў, оқытылыў.
Есер керек уйғармаға, Билим керек ағармаға, Исти сулыў шығармаға, Қәнигели шебер дәркар (С.Мәжит улы).