АШЫЎ II
Қарақалпақша
ф. 1. Бир нәрсениң қақпағын ашыў, пердени ашыў, аўзын ашыў, бетин ашыў, жүзин ашыў.
Неше жылғы көмиқли, Аштым оның урасын («Қырқ қыз»).
— Айша - деди көзин ашып үш жасар Орынбек,... (Т.Қайыпбергенов).
2. Жибериқ, ағызық, айдақ.
Жигит истиң көзин-танып, қандай жерге суў ашыў кереклигин биледи (Г.Есемуратов).
3. Гижиниў, өшигиў, қарсыласыў, қарсы шығыў.
Бизиң аўқамласларымыз екинши фронтты ашады екен ямаса уәдесин умытып кетти ме (Қ.Ирманов).
4. Қашықлаў, узақласыў, аразласыў.
Араны тәўир-ақ аштым дегенде ғана артыма бир қарап едим, куғыншым жерди еле сабалап тур екен (Ә.Айтжанов).
Ашыңыз енди араны, Ҳаялға нәүбет қарады.
(А.Дабылов).
5. Көз ашыў, кеўлин оятыў, сергеклениў, дүньяны таныў, үйрениў, табыў, ояныў, өнер шығарыў.
Бахыт берип ашқан мениң көзимди, Мәңгиликке нурландырған жүзимди (Х.Сейтов).
6. Бахытлы болыў, жолы болық, ығбалы жүриқ, иси келисиқ, табысқа ерисиқ, жаңалық табық.
Перделенген қанатыңды паршалап, түбинде ашарман нурлы күнимди (К.Султанов).
Қўанып дүнья қарасын.
Қарапайым устаның, Қарапайым баласы, Жулдызға жол ашқанын (И.Юсупов).
7. Быршық, ашшыланық.
8. Сыр ашық, әшкаралақ.
0 Ашық араз — ашықтың жаман нәрсеге алып барықы, апарықы, соғықы.
Ашыў-араз, ақыл дос (ққ.х.н.).