⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АШШЫ

Қарақалпақша

кел. 1. Дузланған, зәҳәрдей, уўдай, бурышлы, өткир. 2. Жаман, жағымсыз. Билгенинди еттиң маған, Не айтайын енди саған, Өзиң жәлладқа усаған, Тилиң ашшы уў екенсең (Бердақ). Ашшы даўысты жанлы мақлуқ еситпедиме, даладан ҳеш ким сылт етпеди (Т.Қайыпбергенов). 0 Ашшырақ салыў — көбирек, басымырақ. Сандырақлама чайды ашшырақ сал — ол алдындағы чайнегиниң қақпағын ашып ҳаялына қайырып берди (Т.Қайыпбергенов).