⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АТЛЫ

Қарақалпақша

кел. 1. Атқа минген киси, атта отырған адам, атлы жүрип келе жатқан адам. Ай астынан көринген жеке атлы олардың қоңсысынан Сәнем кемпирдиң үйин сурап келе берди. (Т.Қайыпбергенов). 2. Аты бар, сондай атлы. Анам бир үлкен мерекеге барғанда сол тойды басқарып, кәтқудалық етип жүрген сын-сымбаты келген Гүләйша атлы шырайлы, кейўаны ғаялды көрип унатып қалған (Г.Есемуратова).