⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АТ II

Қарақалпақша

1. Адамның жеке исми. Жақында туўылған үкеме Айгүл деп ат қойды («Жеткиншек» г.). 0 Ат қойық – бала туўылғанда ием берик. Үш күн, үш түн өткен соң көпшилик жыйылып келип, балаға Дәўлет деп ат қойды (Ө.Айжанов). Атын аўзына алмақ – бир адам туўралы улыўма сөз етпек, ол адамды еслемек; Атымды басқа қояман – ўәде беремен, ант ишемен; Аты жер жарды – даңқы шықты, аты елге жайылды; Атына дақ түсирик, атына шық жуқтырық, атын былғақ – 1) масқара етик; 2) масқара болық; Атына дақ түсирмек, атына шық (шаң) жуқтырмақ – белгили бир адамға сөз келтирмек, жаман ат илдирмек; Аты өлмейди (өшпейди) – өзи өлсе де, сөзи менен иси умытылмайды. 2. Лақап, атақ. Оның үстине, дурыслықты талап еткен бийтапларға ат тағып, тентек деген айдар қойып сөйлейтуғынын қәйтерсең. (Г.Есемуратова). 0 Ат көтерик – атағын алық: ийе болық, ат тағылық. Патша деген ат көтердим («Мәспатша»); Ат көтермес – ат көтермейтуғын, сөз сүймес, аршыл, назлы, салтанатлы. Посып кетти ат көтермес беглер, Хош аман бол бизден қалдың Жаңа суў (Омар); Ат қалық – өзи өлсе де, ислеген иси, даңқы қалық. Тоймады халықтың сулықына, Кейнинде ат қалықына, Тағы қызды алықына, Патша талап еткен екен (Бердақ); Атын сатық – бирэўдиң арқасында күн көрик, пайдаланық; Ат тағық – жала жабық; Атқа шығарық – жақсысын асырық, елге танытық, мақтақ абырайын көтерик. Ер жигиттиң ҳаял атын шығарар, Жаманға гез болса жигит не қылар (Бердақ); Аты шығық – атағы шығық, даңқы жайылық, лақап ийелек, елге танылық. Гүлистанда мийнет етип шыныққан, Пахтакешсең аты шыққан аўылда, Қайсар едиң қыйынлыққа, аўырға, Суңқар едиң өрлеп ушқан даўылға (Т.Сейтжанов); Атқа шыққан – даңқы жайылған, тәрийпи елге түскен, атакды абырайлы; Аты өшти – умыт болды, жоқ болды, қурыды. 3. Үйретилген ҳайўанлардың лақабы.