АТ I
Қарақалпақша
ат. Жылқы, жылқының еркеги.
Торы ат ийесине усап күтә жуўас еди.
(Т.Қайыпбергенов).
0 Ат байрақ – а) ат шабыстан, жарыстан, озып келген атқа берилетуғын зат, байрақ; б) ат шабыстырық, жарысқа қосық.
Тап ат байраққа жиберер ўақта Айдос пенен Аймурза бай да барады (ққ.х.е.); Ат басындай – айрықша, жақсы, ортаң қолдай, мине дегендей, үлкен.
Ат басындай ул туўды, Ақ жарылқап күн туўды (ққ.х.н.).
Йүреклери атбашындек батырлар, Қатынша йоқат-ярағы болмаса (Әжинияз); Аттың геллесиндей – үлкен, нәҳән; Ат жиберик – а) хабарлақ, хабар айтық, ат жоллақ.
Тум-тусқа ат жиберип, ат жетер жердеги жерлерге хабар етти (А.Бегимов); б) шабысқа, жарысқа қосық; Ат кейнине салық – хорлақ; Атты (атын) қамшылақ, атына қамшы басық – асығық, тезлетик; Аттың қасқасындай – ап-анық, айқын, ҳәммеге белгили; Ат қашырық – атты байраққа жиберик, байраққа ат қосық.
Ат қашырар жерлери, Он күншилик жер еди («Қырқ қыз»); Ат қуйрығын кести – араздасты, қатнасықты үзди, өкпеледи; Атқа миник – қатарға қосылық, тендикке ерисик, қатарда жүрик; Ат ойнатық – тәртипсизлик, бүлгиншилик, үстемлик, ҳүким сүрик, ғазабатлық көрсетик.
Ат ойнатпай қаламда, Түсе берғил жолыңа («Қырқ қыз»); Ат салық – ғайратланық, жигерленик, күшке миник, ҳәмме ғалаба қарық салық, жеделленик.
Баҳадырлар алла дейип ат салар, Нәмәрт жемин таппай жайында қалар (Әжинияз); Ат салысық – жәрдемлесик, көмеклесик, үлес қосық; Атына терис мингизик – жаманлақ, жаман атлы қылық; Ат терлетти – узақ жол жүрди; Ат шабар – хабаршы, буйрыққа таяр туратуғын адам, хызметкер, атты байраққа қосық ушын сейисленгеннен кейин оны минип шабатуғын бала.
Ҳасаны қолына алып атшабар баладай сазданды («Мәспатша»); Ат шабық – ат жиберик, ең тезлигине салық.
Узын-қуйын жалғыз өзи ат шаўып киятырған аламды көрип турған Иран әскерлери қайран қалып қарап турды (ққ.х.е.); Ат шаптырым жер – узақ жол, алыс; Ат шаптырық – ат жиберик, хабар жеткизик, асығық, Ат шаптырып далаға, жар салдырып қалаға, гүреспаз палўан болсаң, ат шабар болсаң, бақсы-жыраў болсаң келе бересең деп дағаза қылды («Қоблан»); Ат үсти – жеңил-желпи, әйтеўир, қалай болса солай, кеўилсиз, үстиртин, арнаўлы түрде емес; жол-жөнекей, асығыс.
Ол жумысты тек ат усти ислейди; Ат үсти қарақ – немқурайды болық, әхмийет бермек.