АСҚЫНЛАЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Толып-тасыў, кэўилди ҳәдден тыс көтериў, анаў-мынаўды писент етпеў.
Сен асқынладың, қәтелестиң, бир күнлери өкинерсең... 2. аўыс. Улғайыў, аўырыўы күшейиў, айныў.
Аўырыўы асқынлады ем көрмей, Жаным қатты шаншып атыр — шеңгелдей (Т.Жумамуратов).
3. Шектен шығыў.