АСЫҒЫЎ
Қарақалпақша
ф. Гөзленген истиң, мақсеттиң тез әмелге асыўы ушын умтылыў, сабырсызлық пенен ҳәрекет етиў; тез ислеў, жылдамлатыў, тезлетиў, шаққанлатыў.
Жумабай паданың изинен асығып кетти.
(Т.Қайыпбергенов.) 0 Асығып-үсигиў — қалай болса, солай, тез-тез, шаққан, ғапыр-гүпир.
Йолшыға итибар берместен асығып-үсигип сөйлей баслады (Айбек).
Асыққанда ләббай табылмаў — асыққанда яқшы деўши болмаў.
Асыққанда ләббай табылмас (ққ.х.н.) Асыққанда күн өтпеў — қ. ўақыт өтпеў.
Асыққанда күн өтеме, үш күннен кейин келди (Ө.Айжанов).