АССИМИЛЯЦИЯ
Қарақалпақша
(лат.
assimilatio — уқсатыў, салыстырыў, теңлестирилиў).
1. биол.
Өсимлик яки жәниўар организми искерлиги процессинде сырттан қабыл етилген затлардың өзлесиўи, синиўи, өзлестирилиўи, синдирилиўи.
2. Бир қалық (яки оның бир бөлегиниң) басқа бир қалық үрп-әдетлерин, мәденияты қәм тилин өзлестирип, өз тилиниң, мәдениятының қәм миллий сана-сезиминиң жоқ етилиўи нәтийжесинде усы халыққа қосылып кетиўи.
3. линғ.
Бир сестиң екинши бир сес тәсиринде уқсас (бир түр) формаға өтиўи.
Мыс.
Жуўазшы — жуўашшы.